Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанда Қубла Кореялы шыпакерлер халыққа жәрдем берди



Қарақалпақстан хабар агентлигиниң мәлим етиўинше, Қубла Корея Республикасының «Friends» шөлкеми ағзалары төрт күн даўамында республикамызда болды. Шөлкем ағзалары тәрепинен денсаўлығында туўма кемшилиги бар 43 бала операция етилди, 459 бала маман педиатр тексериўинен өткерилди ҳәм 262 ересек пуқара улыўма әмелий шыпакерлер тәрепинен бийпул тексерилди. Оларға тийисли дәри-дармақлар тарқатылды ҳәм шыпакерлик мәсләҳәтлер берилди.
Пайтахтымыздағы алты улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларына стоматологиялық жәрдем көрсетилди. Тислерди дурыс тазалаў, аўыз бослығының гигиенасы бойынша 4 мыңнан аслам оқыўшы менен түсиник жумыслары, 70 оқыўшының тисин емлеў илажлары әмелге асырылды.
 
 
    2017-10-10 06:02:58 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine