Қарақалпақстанда “Хошамет-2017” сыйлықлаў мәресими болады
Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен “Хошамет-2017” сыйлығы бериледи. Бул сыйлықты тапсырыў салтанаты 2018-жылдың 18-январь күни саат 15:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өтеди.
“Хошамет-2017” номинациялар бойынша өз ийелерине тапсырылады. Бул ҳаққында kruz.uz
хабар бермекте.