Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанда биринши мәрте 15-16-декабрь күнлери «Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар» темасында инвестициялық бизнес форум өткериледи



Усы жылдың 15-16-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районында «Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар»  темасындағы инвестициялық бизнес форумын өткериў режелестирилмекте.
Әҳмийетли тәрепи сонда, бул үлкен көлемдеги бизнес форум Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилмекте.
Бизнес форумда Өзбекстан Республикасының 46 мәмлекеттеги елшилери, 12 ири халықаралық шөлкемлердиң басшылары және Корея, Япония, Қытай сыяқлы көплеген еллерден 100 ге шамалас ири исбилермен топар ўәкиллериниң қатнасыўы күтилип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары менен кеңейтилген түрде өткерилген мәжилис баяны тапсырмаларының  орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Мойнақ районына потенциаллы инвесторларды тартыў арқалы өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған усы инвестициялық бизнес форум шеңберинде қатнасыўшыларды районның инвестициялық ҳәм туристлик потенциалы, районда енгизилген салық жеңилликлери, “Мойнақ” киши санаат зонасы, районда жайласқан туристлик объектлер менен бар инфраструктуралар, 2019-жылда туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар менен таныстырыў нәзерде тутылған.
15-декабрь күни Нөкис қаласы Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң үлкен мәжилислер залында Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар»  темасындағы инвестициялық бизнес форумының ашылыў мәресими болып өтеди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм тийисли тараў ўәкиллери Республикамыздың, соның ишинде, Мойнақ районының социаллық-экономикалық, саўда, инвестицилық ҳәм туризм потенциалы ҳаққында шығып сөйлейди. Сондай-ақ, мийманлар усы бағдардағы көрсеткишлер менен таныстырылады. 
Күнниң екинши ярымында «B2G» ҳәм «B2B» формасындағы кооперациялық биржа ҳәм форум жуўмақлары бойынша Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен брифинг шөлкемлестирилип, мийманлар И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиндеги бийбаҳа экспонатлар менен танысады.
16-декабрь күни Бизнес форум қатнасыўшылары  Мойнақ районындағы “Мойнақ” киши санаат зонасының жумысы менен танысады ҳәм район аймағындағы дыққатқа ылайықлы орынларда болады.
Сондай-ақ, усы сапар даўамында мийманларды Мойнақ районында ислеп шығарылған жергиликли өнимлер менен таныстырыў мақсетинде “Made in Muynak” темасындағы көргизбе шөлкемлестириў де режелестирилген.
 
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
    2018-12-13 17:48:44 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine