Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстан Республикасынан аўыл хожалығы тараўы бойынша сыйлықланғанлар дизими



2017-жыл 7-декабрь күни Аўыл хожалығы хызметшилери күни мүнасибети менен тараў раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан жерлеслеримизден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманы жәрияланды. Төменде Қарақалпақстан Республикасынан сыйлықланғанлар дизимин келтиремиз.
                                  «Меҳнат шуҳрати» ордени менен
Бекбаулиев Каримбай Реимович – «Төменги Әмиўдәрья» ирригация системалары бассейн басқармасының «Сүўенли» ирригация системасы басқармасы «Сүўенли параллел» участкасы инженер-гидротехниги,
Султанов Ражаббай – Әмиўдәрья районындағы «Уста Аллаяр» фермер хожалығы баслығы,
Юсупниязов Мирзабай Турганбаевич - Нөкис районындағы «Ықлас-Орынбай» фермер хожалығы баслығы.
                                     «Дўстлик» ордени менен
Атаджанов Фарход Боғибекович – Елликқала районындағы «Тоҳир ўғли Боғибек» фермер хожалығы баслығы,
Гаипов Мурат Хожабаевич – Шымбай районындағы «Ланэкстракт» қоспа кәрханасы атқарыўшы директоры,
Нагиметов Орахбай – Қарақалпақстан дийханшылық илимий-изертлеў институты директорының илимий ислер бойынша орынбасары,
Утарбаев Елубай Асантаевич - Тахтакөпир районындағы «Айдос қала шарўасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бас шопаны,
Юсупова Гулбахар Эркиновна – Беруний районындағы  «Каримов Рустамбой» фермер хожалығы баслығы.
                                       «Шуҳрат» медали менен
Абдикаримов Шарибай Балтабаевич – Шымбай районындағы «Зайир» фермер хожалығы баслығы,
Абитов Хожагелди Туримбетович – «Қарақалпақстан агросервис МТП» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Тахтакөпир районы филиалы механизаторы,
Алланиязов Муратбай Махсетович - «Қарақалпақстан агросервис МТП» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Қанлыкөл районы  филиалы механизаторы
Бабаджанов Закиржан Самандарович – Беруний районындағы «Шукурулла Бобожонов» фермер хожалығы баслығы.
 
    2017-12-11 12:20:12 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine