Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы өзгерди
Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик салық комитетиниң 2019-жыл 5-марттағы қарарына тийкарланып, Халмуратов Қәллибек Жолдасбаевич Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы етип тайынланды. Бул ҳаққында kruz.uz хабар берди.
Еслетип өтемиз, буған шекем салық басқармасын Бабажанов Давронбек Жумамуратович басқарып киятырған еди. Ал, Қ.Халмуратов болса Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министри лаўазымында еди.