Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги таярланады



Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Республикалық терминологиялық орай тәрепинен «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги» тийкарында «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» таярланады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимхан Қанаатов мәлим етти.
Бул жумыслар қарақалпақ лингвистикасы бойынша илимпазлар менен биргеликте әмелге асырылады. Мағлыўматта айтылыўынша, 4 томлық «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» дәслеп 1992-жылы басып шығарылған. Ўақыт өтиўи менен тилимизге жаңа сөзлер кирип келмекте, айрымлары пайдаланыўдан шығып қалмақта. Бул болса түсиндирме сөзликти қайтадан таярлаўға үлкен талап пайда етеди.
Түсиндирме сөзликтиң толықтырылған формада басып шығарылыўы қарақалпақ әдебий тилиниң байыўына, жазылатуғын шығармалардың және де пуқта болыўына хызмет етеди.
бул бойынша өткерилген жыйналыста қарақалпақ әлипбесин заманагөй технологиялар бағдарламаларына киргизиў, қарақалпақ тилин «Google Translate» бағдарламасына қосыў және сөзликлердиң электрон вариантын жаратыў сыяқлы мәселелер бойынша да пикир алмасылды.
 
    2019-01-10 11:05:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine