Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ҚАРАҚАЛПАҚ САХНАСЫНЫҢ ЖАРҚЫН ЖУЛДЫЗЫ



Қарақалпақ сахна өнериниң раўажланыўында Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, «Ел-журт ҳүрмети» ордениниң ийеси, театр ҳәм кино актёры, режиссёр Қуўатбай Әбдиреймовтың орны оғада салмақлы.
Быйыл Қуўатбай Әбдиреймовтың туўылғанына 80 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында оның өмири менен дөретиўшилигине бағышланған еслеў кешеси болып өтти.
 
Кешени Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов ашты.
Онда Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Г.Аннақлычева, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, композитор Н.Муҳаммеддинов, Өзбекистан, Қарақалпақстан ҳәм Башқурстан халық артисти Б.Матчанов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен, Өзбекистан халық артисти, режиссёр Н.Аңсатбаев, сондай-ақ, Огаҳий атындағы Хорезм музыкалы драмалық театры директорының орынбасары А.Авезов  ҳәм басқа да көплеген дөретиўши-зыялылар шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, Қ.Әбдиреймов өзиниң дөретиўшилик мийнет жолында дүнья классикалық шығармалары менен бирге жергиликли авторлар қәлеминен дөреген «Отелло», «Әбу Райхан Беруний», «Москвалы келин», «Жумагүл», «Маманбий», «Бердақ», «Ерназар Алакөз», «Үйленбесем өлемен», «Ана даўысы», «Аты өшсин» сыяқлы  40 тан аслам спектакльлерди сахналастырды. Оның пидайы мийнетлериниң арқасында көплеген Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери жетилисип шықты.
– Қ.Әбдиреймов сахнамыздың биринши профессионал режиссёры Т.Алланазаровтан соңғы тәжирийбели устаз, дөретиўши болды,–дейди Қарақалпақстан халық артисти З.Саипова. – Институтты питкерип келгенимнен соң ол маған Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти С.Әўезова атқарған «Ерназар Алакөз»деги – Қумар ана ролин тапсырды. Өз ролим үстинде ислеў барысында мен оның өзине тән өзгешелигин көре алдым. Оның актёрларға еркинлик бериўи, керек жеринде хызметкерлерди психологиялық  жақтан рольге бағдарлаўы шығарманың сәтли шығыўын тәмийинлеп, рольдеги бир-бирине қарама-қарсы партнёрларды сахна артында шыны менен де бир-бирине қарама-қарсы қойып, ҳәрекетлердиң тәбийғый шығыўына умтылатуғын еди. Ол өз өмиринде де жоқары адамгершиликли пазыйлетлерге ийе болды. Кинорежиссёр Б.Баймурзаевтың айтқанындай М.Нызановтың «Танк» комедеясында әпиўайы пуқаралардың мүтәжин питкеретуғын кишипейил дөретиўши болып ойнаған ол ҳақыйқый өмирде де «Танк» болып өтти.
Қ.Әбдиреймовтың дөретиўшилиги кино көркем өнери менен де тығыз байланыслы болды. Кино актёр сыпатында ол «Өзбекфильм», «Мосфильм», «Қазақфильм» ҳәм «Қарақалпақфильм» студияларында сүўретке алынған 20 дан аслам көркем кинофильмлерде жарқын образлар жаратты. Атап айтқанда, «Ҳамза»да – Алижан, «Көк жийекке созылған излер»де – Танабай, «Ески заманның урпақлары»нда – Қуўат Сайдович, «Алдар көсе»де – Такен, «Артымызда Москва»да – Рахимов, «Жаз ортасындағы қар»да – Бек Қарамсақов, «Комсомоллар бармақта»да – Муратбек, «Қутырған ақ қуў»да – Қуўат, «Аңызға айланған қыз»да – Ўәлийхан, «Қайсар қыз»да – Зәрипбай, «Танк»те – Баҳадыр Мурадович ҳәм басқа да фильмлердеги образлары усылардың қатарына киреди.
Қ.Әбдиреймов шынында да өзиниң көп қырлы таланты менен москвалы ҳәм қоңсы туўысқан еллер дөретиўшилериниң ҳүрметине ийе болып, олар менен тығыз бирге ислести.
– Көп жыллар бойы бирге ислескен, ийинлес қатар достым Қ.Әбдиреймов туўысқан қазақ ҳәм қарақалпақ халқы театрлары арасындағы мәдений байланыслардың көпири болды, – дейди «Қазақстан батыры», актёр ҳәм белгили режиссёр А.Ашимов өзиниң бүгинги юбилейге жоллаған видео көринисинде.             –  «Мосфильм», «Қазақфильм» киностудияларындағы бирге атқарған роллеримиз даўамында мен оның профессионал актёрлық шеберлиги менен жоқары инсаныйлық пазыйлетлерине де қайыл қалғанман. Сондай-ақ, ол маған турмыслық машқалаларда да сүйениш болатуғын еди. Қ.Әбдиреймов тек ғана Өзбекистанның, Қарақалпақстанның емес, ал Қазақстан  кино ҳәм театр көркем өнериниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан бийтәкирар дөретиўши болып табылады. Қарақалпақ халқы Қ.Әбдиреймовты қанша мақтаныш етсе де арзыйды.
Кеше даўамында жыйналғанлар Қ.Әбдиреймовтың дөретиўшилигине байланыслы фото қөргизбесин, «Қарақалпақкино» агентлиги тәрепинен сүўретке алынған «Қарақалпақ сахнасының Отеллосы» ҳүжжетли фильмин ҳәм хорезмли мийманлар және театр жәмәәти тәрепинен таярланған концерт бағдарламасын тамашалады.
 
Ч.ЕЛМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
 
ДЕРЕК:http://kknews.uz/kk/2644.html
    2017-09-29 05:50:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine