Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Scopus»та өз профилине ийе болды



Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Scopus» ҳәм «Science Direct» халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базасында өз профилине ийе болды.
«Scopus» ҳәм «Science Direct» халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базасы системасына киргизиў- университет илимпазларының дүнья илимий рейтингиндеги орнын көтериў, жас илимпаз ҳәм докторантларға илимий мақалалар таярлаў, және оларды жоқары импакт-факторға ийе болған басылымларда жәриялаўға көмеклесиў имканиятлар жаратады.
«Scopus» ҳәм «Science Direct» халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базасынан пайдаланыў ҳәм илимий мақалаларды жоқары импакт-факторға ийе журналларда шығарыў бойынша университетте бүгинги күнде «Мәсләҳәт орайы» шөлкемлестирилген болып, жумыс алып бармақта.

ҚМУ баспасөз хызмети.
 
    2019-02-25 11:30:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine