Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөлли қыз Өзбекистан бойынша өткерилген таңлаўда жеңимпаз болды



 Алдын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың Ҳарекетлер стратегиясының «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда қабыл етилген, Мәмлекетлик Дәстүриниң 210-бәнтиниң орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик тараўын баслаўды қәлеўши қызлар арасында «Исбилермен қыздың ең жақсы жойбары-2017» таңлаўлары өткерилген еди.
Таңлаўлар барысында, Қанлыкөл Педагогика колледжи питкериўшиси Оразбийке Мырзабаева,  2017-жылдың 19-август күни Қарақалпақстан Республикасы басқышында «Ислеп шығарыў тараўында ең жақсы исбилермен қыз» номинациясы жеңимпаз болып, усы жыл 10-ноябрь күни Ташкент қаласында өткерилген «Исбилермен қыздың ең жақсы жойбары-2017» таңлаўында да жеңимпаз болыўға еристи. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Таңлаў даўамында, Оразбийке Мырзабаева елимиздеги киши бизнес ҳәм шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў, кәсип-өнер колледжи питкериўши қызларын жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм оларды экономикалық раўажландырыўға қамтып алыў барысында өткерилип атырған «Исбилермен қыздың ең жақсы жойбары-2017» таңлаўының Республика басқышында белсенди қатнасқаны ушын, Өзбекистан Республикасы Бас ўәзириниң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитети баслығы Т.Нарбаеваның «Ташаккурнома»сы  менен сыйлықланды.
Сондай-ақ,  «Ислеп шығарыў тараўындағы ең жақсы исбилермен қыз» номинациясы жеңимпазы Мырзабаева Оразбийке Далимбай қызы «Нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығарыў» ушын «Агробанк» АКБ  басқарма баслығы С.С. Ходжаев тәрепинен банк кредитинен пайдаланыў ҳуқықын бериўши «Сертификат»ын алды.
 
Фото: wcu.uz
 
    2017-11-14 07:08:24 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine