Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөлде пахта жыйын-терими ислеринде «ЫЛҒАЛЛЫ 30 КҮН»



Сизиң нәреңизге Қанлыкөл районы ҳәкимияты рәсмий сайтында келтирилген дағазаны усынамыз.
 Əзиз дослар!
Быйылғы 2017-жыл «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» мүнәсибети менен орынларда өткерилип атырған ушырасыўлар арқалы қабыл етилген халқымыз мүрәжатлары негизинде ҳәр күни жүз берип атырған раўажланыўлар бәршени мийнетке руўхландырмақта.
Районымыз халқының өзлери тәрепинен исленген үлкен дөретиўшилик жумыслары, қолға киргизилген мол табыслары, жетискенликлери менен елимиздиң, районымыздың  буннан былай да раўажланыўы, халқымыздың және де абадан турмысы жолындағы ийгиликли ислерге тийкар болады.
          Бул бағдарда районымызда «KANTEKS INVEST» жип ийириў фабрикасы, «Қанлыкөл дийхан базары» ҳәм басқада социаллық объектлер қурылыслары күн сайын алға илгерилемекте, көп қабатлы турақ жай  имаратлары, көше ҳәм мәҳәллелеримизди абаданластырыў ислери, қоршаған әтирапқа сулыўлық ҳәм тазалық инам етип, бул ислер еледе жуўапкершиликти талап етеди.
  Усындай жуўапкерли ўазыйпадан келип шығып, районымыз нураный аталарын, ҳаял-қызларымызды, жасларымызды алтын гүздиң ҳәр күнинен үнемли пайдаланып, жетистирилген пахтаның ҳәр ханасын зая етпей жыйнап –терип алып, елимиздиң бәлент қырманына тапсырыўға шақырамыз!
Қәдирли заманласлар!
Быйылғы жылда дийқан ҳәм фермерлеримиз тәрепинен шигит егилген ғаўаша майданларынан бир тегис нәл алынып, мол зүрәәтке тийкар жаратылғанын және бир мәрте айрықша атап өтиўимиз тийис.
Сонлықтан пахта жыйын терим ислерине белсенди қатнасыўға шақырамыз.
Ҳүкиметимиз тәрепинен пахтакешлерди қоллап-қуўатлаў бойынша жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, нураныйларымыз, ҳажы ата ҳәм аналарымыз көпшиликке ибрат болып, жәмлеспеген халықты ҳәм жасларды бириктирип, шаңарақларыңыз ушын қосымша дәрамат табыў имканиятын қолдан жибермеўиңизди сораймыз.
Əзиз Ўатанласлар!
Бәршемиз жетистирилген зүрәәтти жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай жыйнап, пахта теримине үлес қосыўды өзимиздиң ана-Ўатан алдындағы парызымыз деп билейик.
Сонлықтан ҳәр бириңизди пахта зүрәәтин жыйнап-терип алыўда белсендилик көрсетиўге, пахтаның бир ханасын да зая қылмай, елимиз қырманына тапсырыўдай ийгиликли иске үлесиңизди қосыўға шақырамыз!
 
Қанлыкөл районлық Ҳаял қызлар комитети
«Мәҳәлле» қорының Қанлыкөл районлық бөлими
«Нураный» қорының Қанлыкөл районлық бөлими
Өзбекистан Жаслар аўқамының Қанлыкөл районлық Кеңеси
Кәсиплик аўқамы районлық тармақ Кеңеслери
 
 
    2017-10-17 07:24:38 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine