Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районында «Зийрек китапхан» интеллектуал ойыны районлық басқышы болып өтти



Қанлыкөл районы ҳәм Өзбекистан Жаслар аўқамының районлық бөлими менен биргеликте улыўма билим бериў мектеплери арасында «Зийрек китапхан» интеллектуал ойынының районлық басқышы өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Жарыста Район аймағындағы  улыўма билим бериў мектеплеринен жәми 23 «Зийрек китапхан» интеллектуал ойынының командалары қатнасты. Ойын даўамында түрли миллет ўәкиллериниң китапларынан дүзилген сораўларға қатнасыўшылар тәрепинен жуўаплар алынды.
Интеллектуал ойынында районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы 1-орынды ийеледи ҳәм кейинги Республикалық басқышқа жоллама алды.
    2017-11-13 09:37:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine