Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

  Қанлыкөл районында «Суд ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди



Өзбекистан Жаслар аўқамы Қанлыкөл районлық Кеңеси басламасы менен  районлық жынаят ислери бойынша суды мәжилислер залында, Қанлыкөл районлық жынаят ислери бойынша суды баслығы менен район жаслары  арасында ушырасыў өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Ушырасыў  барысында, «Суд органлары системасы, улыўма жынаятлар классификациясы менен жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар» темасында сораў-жуўаплар өткерилди.
Өзбекистан Республикасында суд системасы — Өзбекистан Республикасы Конституциялық суды, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, әскерий суд, экономикалық, ҳәкимшилик судлар, пуқаралық, жынаят ислери бойынша судларынан ибарат екенлиги ҳаққында айтып, олардың ҳәр бири ҳаққында айрықша мағлыўматлар берилди.
Ушырасыўда улыўма жынаятлардың классификациясына тоқталып, жаслар ҳәм өспиримлер арасында жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықтың ақыбетлери ҳәм олардың алдын алыў ҳаққында кең түрде мысаллар менен түсиниклер берилди.
 
    2017-12-01 12:33:02 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine