Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районы прокурорының 2017-жыл бойынша есабаты



Қанлыкөл районлық ҳуқық қорғаў органлары муўапықластырыўшы кеңеси мәжилиси болып өтти. Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы Р.Б.Атамуратов, район ҳәкими М.И.Қосназаров ҳәмде ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, профилактика инспекторлары менен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мекеме, кәрхана, шөлкемлер басшылары қатнасты.
Муўапықластырыўшы кеңес мәжилисинде, Қанлыкөл районы аймағында нызамлылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша 2017-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳәмде алдағы ўазыйпалар ҳаққында мәселе қарап шығылды.
Мәжилисте район прокуроры А.Каримбаевтың күн тәртибиндеги мәселе бойынша есабат баянатында, прокуратура уйымлары алдына қойылған ўазыйпаларды орынлаў барысында өткерилген 70 тен аслам тексериўлер нәтийжесинде 169 прокурорлық бақлаў ҳүжжетлери қолланылып, 55 пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленгенлиги, нызамларды үгит-нәсиятлаў, жынаятлар ҳәм хуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша 215 илажлар өткерилгенлиги айтылды. 2017-жылдың 12 айы (2016-жылдың 12 айы менен салыстырмалы түрде) даўамында улыўма 234 (223) пуқаралар ҳәм юридик шахслардан муражатлар келип түсип, муражатлардың саны 11ге, яғный 4,8 пайызға көбейген. Жеке пуқара ҳәм юридикалық шахслардың 144 (150) мүрәжатлары 6,2 пайызы қанаатландырылған, 102(110) пуқара ҳәм юридикалық шахсларға мүрәжатлары бойынша ҳуқықый түсиниклер берилген, 8(10) мүрәжат тексериў материалларына қосылып шешилген болса 89(73) мүрәжатлар тийисли тараў органларына жиберилгени ҳаққында айтып өтилди.
Сондай-ақ, протест келтириў жолы менен 34 нызамсыз ҳүжжетлер нызамға муўапықластырылған, анықланған нызам бузыў жағдайларын сапластырыў бойынша тийисли мекемелерге 54 усыныс киритилген, 165 пуқара интизамий, 84 пуқара ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған.
Мәжилис даўамында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша районлық ишки ислер бөлими баслығы Қ.Қабулов, районлық медицина бирлеспеси баслығы А.Асқаров, халық билимлендириў бөлими баслығы Т.Қрықбаев, мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы М.Бердановалардың есабатлары тыңланды.
Мәжилисте нызамшылық ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў аўҳалын жақсылаў бойынша Өзбекистан Республикасы Президенти қарар ҳәм пәрманларының орынланыўына итибар қаратылып, тийисли ўазыйпалар белгиленип алынды.
 
Дерек: Қанлыкөл районы ҳәкимлиги
    2018-01-15 11:05:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine