Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районы аймағында «Тоза худуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы иске түсти



Қанлыкөл районында Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасының районлық бөлими иске түсти. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
Бөлим 2 бульдозер ҳәм 2 сомосовал транспортлары менен тәмийинленип, бөлим тәрепинен район аймағында қатты шығындыларды тасыў хызмети көрсетилмекте.
Ҳәзирги күни район орайы менен «Қанлыкөл», «Бостан», «Жаңа қала» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы жумыс алып барып атырған мекемелер менен шәртнамалар дүзилди. Қалған аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен де шығындыларды алыў ҳәм тазалаў шәртнамаларын дүзиў алдында.
Бул кәрханаға райондағы «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан, шығындыларды жыйнаў ҳәм қайта ислеў полигоны ушын  5 гектар жер майданы ажыратылып берилди.
 
    2017-10-20 13:06:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine