Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл гүнжиси Туркия ҳәм Қытайға экспорт етиледи



Қанлыкөл районы ҳәкимлиги тәрепинен медиатур шөлкемлестирилди. Онда жас журналистлер «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан гүнжини қайта ислеўге қәнигелескен «International construction machinery» ЖШЖ кәрханасында болды.
Кәрхана реконтрукциясы ушын 2 млрд сум, гүнжини қайта ислеп, өним етип шығарыў ушын 500 мың евро инвестиция ажыратылған болып, гүнжини преслеў ушын үскене Қытайдан, фильтирлеўши үскене болса Италиядан алып келинеди. Күйдирилген гүнжиге Қытайда талап күшли. Районда исленген өнимлер тийкарынан Туркия ҳәм Қытайға экспорт етиледи. Гүнжи майы экспортқа 1 тонналық бочкада шығарылады ҳәм оның баҳасы 1 мың 500 АҚШ долларын қурайды. Бул завод иске түсирилгеннен соң айына 400 тонна гүнжи қабыл етилип, соннан 100 тонна май алыныўы күтилмекте. Гүнжини қайта ислеў ушын заводта 23 техникалық аппарат болады, қәниге сыпатында 3 сменада 74 адам жумыс пенен тәмийинленеди. Келешекте бул көрсеткиш 150 адамға жетиўи мүмкин. Бул ҳаққында Парахат Ажимуратов хабар берди.
 
    2018-05-08 12:08:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine