Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қала ҳәм халық аралық телефония баҳалары көтериледи



20-октябрьден баслап қала ҳәм халық аралық телефония баҳалары көтериледи. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги 4-октябрь күни тастыйықлаған жаңа баҳалар «Ўзбектелеком» компаниясы сайтында жәрияланды.
Халық ушын қала телефон тармағынан пайдаланғаны ушын айлық абонент төлеми саат-пай  төлем тийкарында болғанда 2350 сўмнан 3000 сўмға (аўылларда болса 1035 сўмнан 1350 сўмға), абонент төлем системасында 3090 сўмнан 4000 сўмға шекем (аўылларда — 1520 сўмнан 2000 сўмға) көтериледи.
Шөлкемлер ушын тарифлер сәйкес түрде орташа 30%ке көтериледи.
Шет ел мәмлекетлерине қоңыраўлар баҳасы еки есеге қымбатласты. Мысалы, Орайлық Азия абонентлери менен бир минут сөйлесиў баҳасы 500 сўмнан 1000 сўмға, Россия, Украина ҳәм Беларусқа — 550 сўмнан 1100 сўмға, Европа мәмлекетлерине — 1140 сўмнан 2280 сўмға көтериледи.
Телеграф хызметлери баҳасы да еки есеге қымбатласады. Өзбекистан бойынша әпиўайы телеграммада бир сөз ушын алдынғы 44 сўм орнына 88 сўм, тез телеграмма ушын болса 220 сўм орнына 440 сўм белгиленди.
Орайлық Азия мәмлекетлери Россия, Украина, Беларусь, Молдова, Азербайжан, Армения ҳәм Грузияға әпиўайы телеграмма жибериўде бир сөз ушын 290 сўм орнына 580 сўм, тезликте 580 сўм орнына 1160 сўм төлеў талап етиледи.
Өзбекистан бойлап қалалар аралық қоңыраўлар ушын баҳалар өзгериссиз қалды. Телекоммуникация хызметлери ушын баҳалар соңғы мәрте 2016-жыл 1-июльда көтерилген еди.
 
 
    2017-10-09 12:37:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine