Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Joqarǵı Keńestegi qabıllaw haqqında



Derek: karakalpakstan.uz
 
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов  4-март күни Түркия-Нидерландия Халықаралық қурылыс компаниясының баслығы Эшреф Озсахинды қабыл етти.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Нидерландия мәмлекетлери арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық, аўыл хожалығы ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиў жойбарлары өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырганлығын айрықша атап өтти.
Өз гезегинде мийман жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын өз миннетдаршылығын билдирип, бул жерде сырт елли исбилерменлерге, инвесторларға жаратылған шараятларға жоқары баҳа берди ҳәм  Түркия-Нидерландия Халықаралық қурылыс компаниясы тәрепинен Нөкис қаласының инфраструктурасын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумысларды жәнеде жетилистириў бойынша бир қатар жойбарларды режелестирип атырғанын айтып өтти.
Қабыллаўда  келешекте бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасыўлар болды.
 
    2020-03-05 18:04:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine