Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Joqarǵı Keńes baslıǵı basshılıǵındaǵı delegaciya Qubla Koreyada



Derek: karakalpakstan.uz
 
Ҳәзирги пайытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязовтың басшылығынлдағы делегация ағзалары Қубла Кореяда болмақта.
Делегацияның усы сапар етиў шеңберинде Гванжу қаласының мэри, Гванжу Саўда-санаат Палатасының басшылары ҳәм Корея раўажланыў институтының баслығы менен ушырасыўы ҳәм усы билимлендириў мәкемесиндеги хызметкерлердиң жумысы менен сондай-ақ, «Чоннам» миллий университети емлеўханасындағы шараятлар менен танысыўы белгиленген.
Соның менен бирге, аймағымызға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мәселелери бойынша делегацияның «Caris», «Hwachon Plant Construction», «Noroo Paint», «Myung Sung Placon» ҳәм «Сhung Design Group» сыяқлы ири компаниялардың басшылары менен ушырасып, өз-ара бирге ислесиў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилиўи де күтилмекте.
 
    2019-05-15 16:30:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine