Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Jaslar arasında náshebentlikke qarsı gúresiw máseleleri dodalandı



 Усы жылдың 1-февраль күнинен 1-мартқа шекем жаслар арасында нәшебентликке қарсы гүресиў айлығы деп жәрияланып, орынларда бул бағдарда үгит-нәсият ҳәм профилактикалық илажлар өткерилмекте.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усындай илаж өткерилди. Өткен 2019-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша нәшебентлик затлар менен байланыслы улыўма 81 жынаят дизимге алынған болса, соннан 5 жынаят жаслар тәрепинен әмелге асырылғаны тараўда еле де нәтийжели профилактикалық жумысларды күшейтиўге бағдарлайды.
Илаж даўамында нәшебентлик затлардан пайдаланыўдың адам денсаўлығына, оның социаллық статусына, жақын-жуўықлары менен қарым-қатнасына кери тәсирин тийгизетуғынлығы, буның ақыбети аўыр болатуғынлығы атап өтилди.
 
    2020-02-07 14:10:44 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine