Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

IWF аўыр атлетикашы Рустам Жангабаевты спорттан ўақтынша шетлетти



Халық аралық аўыр атлетика федерациясы – IWF хабарына қарағанда, өзбекстанлы аўыр атлетикашы, жәҳан чемпионаты жеңимпазы Рустам Жангабаевтиң допинг үлгиси өсиў гармоны (hGH) бойынша унамсыз анализ нәтийжелерин берген, деп жазады kun.uz.
11-апрель күни IWF сайтында жайластырылған хабарда айтылыўынша, Жангабаев антидопинг қағыйдаларын бузғаны ушын спорттан ўақтынша шетлетилди.
Атап өтилиўинше, егер спортшы антидопинг қағыйдаларын бузғаны анықланса, онда бул ҳаққындағы тийисли қарар да жәрияланады.
IWF ис бойынша сорастырыў барысы жуўмақланғанға шекем қосымша мағлыўмат бермейтуғыны айтылады.
Мағлыўмат ушын: Рустам Жангабаев 1993-жыл 25-август күни туўылған, жарысларда 105 килограммнан жоқары салмақ тайпасында қатнасады. 2018-жылғы жәҳан чемпионаты жеңимпазы, 2017-жыл Ашхабадта өткерилген Азия ойынлары чемпионы, Рио-де-Жанейродағы жазғы Олимпия ойынлары қатнасыўшысы.
    2019-04-15 12:07:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine