Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

И.ЮСУПОВ АТЫНДАҒЫ ИНТАЛЫ БАЛАЛАР МЕКТЕБИНЕ ҚАБЫЛЛАЎ ҚАНДАЙ?



И.Юсупов атындағы инталы балалар мектеп–интернатына бүгинге шекем200 ден аслам оқыўшы арза тапсырған.
Мектепте быйылғы оқыў жылында еки 5-класс, биреўден 6-7-класслардың ашылыўы нәзерде тутылмақта. Олардың ҳәр бирине 30 оқыўшыдан қабылланады.
5-класс оқыўшылары  қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнлеринен тест сынақларын тапсырады, ал, 6-7-класс оқыўшылары сәўбеттен өтиўи керек. Сынақларда көбирек оқыўшылардың әдебий дөретиўшилик потенциалына, усы пәнлерди өзлестириўине итибар қаратылады.
Бул оқыў орнын тәжирийбели, пидайы устаз-оқытыўшылар менен тәмийинлеў мақсетинде барлық пәнлер бойынша муғаллимлер аўызша имтиханлардан өткерилген ҳалда алынады. Оқытыўшыларға қойылатуғын тийкарғы талаплар – жоқары мағлыўматлылық, 8 дәрежели категорияға ийе болыўы ҳәм өз кәсибине пидайылығы.
Оқыўшылар ушын да, оқытыўшылар ушын да сынақлар август айында өткериледи.
 
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
 
 
 
    2017-07-27 14:43:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine