Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ишки ислер органлары хызметкерлерин хошаметлеўге байланыслы айырым қарарларға өзгерислер киргизилди



Киргизилген өзгерислерге көре, жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы ушын жәриймалар суммасының 45 проценти Ишки ислер министрлигиниң бюджеттен тысқары фондларына бағдарланады. Алдын бул сумма жәриймалардың 55 процентин қураған.
Жәриймалар суммасының 10 проценти болса Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасының Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлерин хошеметлеў ҳәм сыйлықлаў фондына өткериледи.
Нызамшылыққа муўапық, қанаатландырарсыз жумыс ислеп атырған профилактика инспекторлары ҳәм оператив хызметкерлерден лаўазым айлығының 50 процентине шекем жәрийма салынады.
Киргизилген қосымшалар менен усы жәрийма қаржылары Ишки ислер министрлиги ыхтыярында қалдырылыўы белгиленди.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2019-03-13 11:01:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine