Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ишки ислер министрлигиниң ўазыйпалары Миллий гвардияға өткерилиўи мүмкин



Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳүжжет жойбары жәрияланды.
Ҳүжжет тийкарында алкоголизм ямаса нәшебентлик затларды пайдаланатуғынларды мәжбүрий түрде емлеўге қәнигелестирилген емлеў-профилактикалық мәкемелерин қорғаў Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы бөлимшелериниң хызмети менен шәртнама тийкарында тәмийинлениўи мүмкин. Бул бөлимшелердиң саны Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы тәрепинен нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде белгиленеди.
Сондай-ақ, дипломатиялық ўәкилханаларды ҳәм жеке меншик резиденцияларды қорғаў Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги усыныснамасына тийкарланып шәртнама тийкарында, нызамшылықта белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин. Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы бөлимшелерине қорғаўға исенип тапсырылатуғын дипломатиялық ўәкилханалар ҳәм резиденциялардың техникалық жақтан беккемлиги Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының нормативлик ҳүжжетлери талапларына муўапық болыўы керек.
 
Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-03-14 12:34:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine