Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ishki isler ministri Bozataw jaslarınıń sayaxatın shólkemlestirdi



Derek: @bozataw_uz
 
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министри, республикамыздағы 3-сектор баслығы Айтбай Темирханов Бозатаў районы жаслары менен ушырасқанында аймақ оқыўшылары сектор баслығына өзлериниң Нөкис қаласындағы жүз берип атырған өзгерислерди өз көзлери менен көрип танысқысы келетуғынын айтып, олардың саяхатқа шығыўына жәрдемлесиўин сорап мүрәжат еткен еди.
5-февраль күни Өзбекстан Жаслар аўқамы Бозатаў районлық Кеңесиниң басламасы Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги ҳәм район ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўи менен еки автобусқа минген бир топар район жаслары пайтахтымыздағы  И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернаты, Президент мектеби ҳәм Ишки Ислер министрлигиниң "Даңқ" музейине саяхат етип, ол дәргайлардың турмысы ҳәм оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.
Илажда Ишки Ислер министри А.Темирханов инглис тили бойынша халықаралық олимпиадаларға қатнасып атырған райондағы 3-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы Абдирасул Үббиниязов инглис тилиндеги китаплар ҳәм оның электрон топламын, сондай-ақ, жаңа заманагөй комьпютер саўға етти.
 
    2020-02-06 13:04:21 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine