Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ID-карталарды енгизиў 2021-жылға қалдырылды



Өзбекстан пукарасы паспорты орнын ийелеўи лазым болған идентификация карталарын (ID-карталар) енгизиў 2021-жылдан басланады, деп хабар берди Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекет персоналластырыў орайы директоры Нажмиддин Тўрахўжаев. Бул ҳаққында gazeta.uz жазды.
Президенттиң 2018-жыл 18-апрельдеги қарарында Ташкентте 1-ноябрьден сынаў режиминде ID-карталарды енгизиўди баслаў режелестирилген еди, бирақ бул мүддетке өзгерис киргизилди.
Нажмиддин Тўрахўжаев мәмлекет басшысының 26-декабрьдеги қарарына (ҳүжжет ашық дереклерде жоқ) бола, ID-карталар 2021-жылдан, итимал ертерек басқышпа-басқыш енгизилиўин мәлим етти. Буған шекем керекли инфраструктуралар таярланыўы керек.
Нажмиддин Тўрахўжаев айтыўына қарағанда, Мәмлекетлик персоналластырыў орайы жаңа үлгидеги ҳүжжетлерди ҳәзир-ақ енгизиўге техникалық жақтан таяр.
«Бирақ пуқараларымыз қыйыншылықларға ушырамаўы ушын [паспорт] орайымыздан сыртта функционал болыўы керек. Биз ҳәзир пүткил баслы технологиялық процесслер комплексин ислеп шығып атырмыз, бул жазыўлардан пайдаланатуғын мәмлекет органларын таярлаймыз, имкан дәрежесинде әмелиятқа енгизиемиз», - деди Нажмиддин Тўрахўжаев.
Алдын хабар етилгениндей, ID-карталар басқышпа-басқыш ағымдағы миллий паспорт орнын ийелейди (сырт елге шығыў ушын 2019-жылдан бөлек шет елге шығыў паспорты енгизилмекте). Сондай-ақ, ол мәмлекет хызметлери ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасынан пайдаланыўда тийкарғы ҳүжжет есапланады.
 
 
    2019-01-16 12:15:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine