Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ID karta alıw ushın mámleketlik bajı muǵdarı belgili boldı



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстанда идентификация ID–карталарын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын енгизиў илажлары ҳаққында ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Белгилеп қойылыўынша, 2021-жыл 1-январьдан баслап жаңа туўылған балаға, Өзбекстан пуқарасына, Өзбекстан аймағында турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахсқа ҳәм сырт ел пуқарасына белгиленген үлгидеги идентификация ID–картасы бериледи.
ID-карта оның ийесиниң шахсын, пуқаралығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет есапланады ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында пайдаланылады. ID–карта ол берилген ўақыттан баслап 10 жыл мүддетке бериледи;
Сондай-ақ, ҳүжжетте ID-карта алыў ушын қанша пул төлеў керек екенлиги де айтылған.
Атап өтилиўинше, ID-карта рәсмийлестирилгенлиги ҳәм берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы муғдары базалық есаплаў муғдарының 89 процентин қурайды. Яғный – 198 470 сум.
Билдирилиўинше, Өзбекстан пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты, пуқаралығы болмаған шахс ҳәм сырт елли пуқараның жасаў гүўалығы олардың әмел етиў мүддети тамам болғанға шекем ҳақыйқый болып есапланады. Усы ҳүжжетлердиң ийелери оларды белгиленген тәртипте ID-картаға алмастырыў ҳуқықына ийе.
 
    2020-03-11 14:16:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine