Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Хожелиде спиртли ишимликледи нызамсыз сатып атырған саўдагер анықланды



Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Спирт ҳәм алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў  ҳәм сатыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды күшейттириўге  байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 24-санлы қарары талапларын орынлаў мақсетинде салық уйымы хызметкерлери тәрепинен турақлы түрде рейд тексериўлери өткерилмекте. Бул ҳаққында Хожели районы Мәмлекетлик Салық инспекциясы хабар бермекте.
Хожели районы Мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен усы жылдың өткен 10 айы даўамында жоқарыда атап өтилген қарар талапларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде жәми 36 рейд-тексериўлери өткерилип, 6 млн. сумнан артық өнимлер айғақлы зат сыпатында алынды. Спиртли ишимликлерди өз үйинде ҳеш қандай ҳүжжетсиз сатып атырған пуқара анықланып, ҳәр қыйлы атамадағы сатыўда турған спирт ҳәм спиртли ишимлмклердиң саўдасына шек қойылды.                                  
 
    2017-12-01 12:35:17 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine