Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Hayal-qızlar bayramı belgilendi



Derek: karakalpakstan.uz
 
6-март күни Нөкис қаласында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен «Дүньяның гүлтажы өзиңсен, ҳаял!» атлы салтанатлы илаж өткерилди. Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип атырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты. Салтанатлы илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, өзлериниң жоқары нәтийжелери менен ажыралып киятырған бир топар ҳаял-қызларымызға Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманы тийкарында Министрлер Кабинети тәрепинен шөлкемлестирилген «Мўътабар аёл» көкирек белгилери тапсырылды. Сондай-ақ, байрам мүнәсибети менен бир қатар пидайы ҳаял-қызларымыз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы Қарары менен “Ардақлы нураный”, “Ўатан пидайысы” ҳәм “Үмит ушқыны” көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
 
    2020-03-09 13:04:04 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine