Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ǵárezsizlik bayramınıń uranı tastıyıqlandı



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди.
Қарар тийкарында мәмлекетлик ғәрезсизликтиң 28 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссия тастыйықланды.
Комиссия «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлар және үгит-нәсият жумысларының бағдарламасын ислеп шығады.
Ғәрезсизликти жырлайтуғын ең жақсы қосық ҳәм музыкалық дөретпелер ушын «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы өткериледи. Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында жәрияланады ҳәм сыйлықланады.
Сондай-ақ, «Ең уллы, ең әзиз», «Реңлер жилўасында – ана ўатан», «Ўатан ушын жасайық!» сыяқлы дәстүрий таңлаўлар өткериледи.
 
    2019-07-10 14:44:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine