Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки 12 ай ишинде Өзбекистан 15 жойбарды қаржыландырады



Ташкент қаласында енди ўәкилханасын ашқан Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банк келеси 12 ай ишинде мәмлекетте және 15 жойбарды әмелге асырыўын мәлим етти. Бул ҳаққында банктиң вице-президенти Филипп Беннет мәлим еткен.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекистанда банк искерлиги қайтадан жолға қойылған болып, қысқа ўақыт ишинде улыўма қуны 125 миллион АҚШ долларына тең 4 кредит шәртнамасын дүзген. Арадан жети жыл мүддет өтип, банк ўәкиллери Өзбекистандағы жойбарларын қайтадан қаржыландырыўға карар еткен.
Беннеттиң айтыўына қарағанда, Орайлық Азия аймағы ушын ажыратқан қаржылар есабынан Өзбекистандағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын 1 миллиард АҚШ долларынан зыят кредит берилиўи режелестирилген.
    2017-11-13 09:38:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine