Енди Жаслар аўқамы ағзалары Ташкентке прописка етиледи
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен усы жыл 11-октябрь күни «Басшылары хызметшилерин Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында илтимаснама киритиўи мүмкин болған мәмлекет ҳәкимияты органлары, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, республика әҳмийетине ийе басқа мәмлекет дизимине қосымша киритиў ҳаққында»ғы МК-813-санлы қарары
тастыйықланды.
Оған муўапық, енди Өзбекистан жаслар аўқамы системасында нәтийжели мийнет ислеген пидәйи жаслар Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты аймағында турақлы пропискаға ийе болыўы мүмкин. Атап өтиў керек, усы қарар Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты аймағынан «Жаслар» үйлеринен бирин сатып алыў имканиятын береди.