Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Endi xızmetkerler jumıs waqtınan tısqarı jumısqa tartılmaydı



Derek:kknews.uz
 
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәмлекетлик мийнет  инспекциясы хызметкерлерди жумыс ўақтынан тысқары ҳәм дем алыс күнлери жумыс ислетиў нызамға қайшы келетуғынын түсиндирмекте. Мәмлекетлик мийнет инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине жоллаған хатында хызметкерлерди жумыс ўақтынан тысқары ҳәм дем алыс күнлери олардың келисимисиз тийкарсыз түрде жумысқа тартыў қадаған етилетуғынын мәлим еткен.
Лаўазымлы шахслар тәрепинен нызамшылық талапларының бузылыўы Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясына тийкарланып базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекемги муғдарда, тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан исленген болса, он есесинен он бес есеге шекем, егер усы ҳуқықбузарлық жас өспиримге әмелге асырылса он есесинен жигирма есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады» делинеди хатта.
 
    2020-02-18 12:34:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine