Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Екинши семестрде Жоқары оқыў орынларында контракт баҳасы өзгермейди



2017/2018-оқыў жылының екинши семестри  даўамында Жоқары оқыў орынларында төлемли- контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын төлем суммасы өзгериссиз қалдырылды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қаржыландырыў ҳәм бухгалтерия есабы басқармасы баслығы Сарвархон Бузрукхоновтың мәлим етиўинше, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Республика халқын социаллық әҳмийетке ийе болған азық-аўқат өнимлери түрлери менен кепилликли тәмийинлеўдиң кешиктирип болмайтуғын илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар 2017/2018-оқыў жылларында төлем-шәртнама тийкарында жоқары оқыў орынларында оқыў (бакалавриат, магистратура) баҳасы 2016/2017-оқыў жыллары дәрежесинде сақланып қалынады.
Еслетип өтемиз, қосымша режеге тийкар қабылланған студентлер жоқары оқыў орынларындағы биринши оқыў жылын тамамлағаннан соң, кейинги оқыў жылынан баслап әмелде орнатылған базалық төлем-контракт муғдары тийкарында оқыўын даўам етиўи хабарланған еди.
 
    2018-01-10 11:20:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine