Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Doslıq» kanalı boyına 40 shiye náli egildi



 Нөкис қаласын көгалландырыўға арналған және бир жойбарға 8-март күни старт берилди. Бул жойбар Нөкис қаласы турғынлары тәрепинен қала климатын жақсылаўға қаратылған болып - «Мен бир мийўели терек» деп аталады. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының қоллап-қуўатлаўы менен биргеликте исленип атырған бул жойбарда 2020 адам 2020 мийўели терек егеди. Бул жойбарды әмелге асырыўда белсене қатнасып атырған 40 қыздан ибарат белсендилер 8-март Халық аралық ҳаял-қызлар күни байрамында жақсы нийетлер менен «Дослық» каналы бойына 40 шийе нәлин отырғызып жойбарға старт берди.
2020 шийе нәлин отырғызыў усы жылдың 15-март күнине белгиленген. Нәллер Нөкис қаласының Аллаяр Досназаров көшеси, Ислам Каримов ҳәм Төрткүл гүзари бойларына егиледи.
 
 
    2020-03-09 13:13:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine