Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Доктарантлар кәрханаларға бириктириледи ҳәм оларға узақ мүддетли  ипотека кредити бериледи



Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2017-жыл 17-октябьрде «Доктарантларға илмий-изертлеў жумысларын әмелге асырыўда материяллық шәраятлар жаратыў ҳәм олардың мийнет искерлигин жәнеде  қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, доктарантлардың илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыўда мәтерияллық шәраятлар жаратыў ҳәм олардың мийнет искерлигин жәнеде жетилистириў мақсетинде олар,  ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм шөлкемлерге бириктириледи және оларға узақ мүддетли ипотека кредитлери бериледи. Бул ҳаққында kun.uz хабар бермекте.
Доктарантларға төмендеги тәртипте узақ мүддетли ипотека кредити бериледи. Қалаларда көп квартиралы үйлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын 20 жылға, бунда мүддеттиң 3 жылы жеңиллетилген (тек проценти төленеди), дәслепки 5 жылы 7 процентли  ставкада, кейинги дәўирлерде Орайлық банктың қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында процент ставкасы әмел етеди. Бундай жағдайда квартира баҳасының 25 процент  муғдарында басланғыш төлем төленеди.
Аўыл аймағында жаңа типтеги  жойбарлар тийкарында турақ  жайлар қурыў ушын 15 жылға, бунда мүддеттиң 3 жылы жеңиллетилген (тек процент төленеди), дәслепки 5 жылы 7 процентлик ставкада, кейинги дәўирлерде Орайлық банктың қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында процент ставкасы әмел етеди. Бул жағдайда басланғыш төлем төмендегише төленеди:  Еки, үш қабатлы көп квартиралы (2 ҳәм 3 ханалы) турақ жайлары имаратларында ҳәм бир қабатлы 2-3 қабатлы турақ жайларға - 15 процент;
Еки қабатлы 4 ханалы, блокластырылған турақ жайларына – 25 процент. 
 
Фото: ipbb.kz
 
    2017-10-20 09:36:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine