Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Бухара – Мискин темир жол линиясы пайдаланыўға тапсырылды



Қарақалпақстан хабар агентлигиниң мәлим етиўинше, усы жыл 1-декабрь күни Бухара – Мискин жаңа темир жол линиясының пайдаланыўға тапсырыў мәресими болып өтти.
Қурылысты сапалы ҳәм өз мүддетинде пайдаланыўға тапсырыў ушын 1500 ден аслам жумысшы – хызметшилер, жол қурылысы менен байланыслы тараў қәнигелери ҳәм 1 мыңнан аслам қүдиретли механизмлер тартылды.
Жойбарды заман талабы дәрежесинде пайдаланыўға тапсырыў ушын республикамызда ҳәзирге шекем әмелге асырылған ири жойбарлар, соның ишинде «Наўайы-Үшқудық-Султан Ўайыстаў-Нөкис», «Ташгүзар-Байсын-Қумқорған», «Ангрен-Пап» темир жол қурылысларында белсене қатнасқан тәжирийбели темир жолшылар усы жойбарға бириктирилди.
 «Боштранслойиҳа» акционерлик жәмийети тәрепинен жойбарластырылған жаңа темир жолдың улыўма узынлығы 355 километрди қурайды. Ҳәзирги ўақытта 335 километр аралыққа полат рельслери жатқарылды, 20 километрине толық оңлаў ислери әмелге асырылды. Сондай-ақ, бул линияда 121 жасалма қурылмалар, 12 көпир ҳәм 6 өткел қурып питкерилди. 21,2 миллион кубометр көлемдеги топырақ жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге бул линияда бес – Янгиабад, Тузтепа, Учачик, Сузаклор, Даутепа станциялары және Машак, Азанир, Алабуға, Жақасай, Акчука разъездлери де қурып питкерилди. Жойбардың улыўма нырқы 283,1 миллион АҚШ долларын қурайды. Жойбар турмысқа енгизилгеннен соң поездлар ҳәрекетиниң тезлиги артады, олардың ҳәрекетлениў ўақты қысқарады, улыўма халқымызға бир қатар қолайлықлар жаратылады. Дәслеп, усы темир жол линиясы арқалы жүк поездларының қатнаўы әмелге асырылады. Бул болса усы аймақтағы қазылма байлықларды өзлестириў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм усының менен бирге жаңадан өндирислик кәрханаларды ашыўға тийкар жаратады.
Усы күнге шекем пайтахттан Үргенишке шекем қатнаўшы поездлар 1064 километр аралықты басып өтип «Наўайы-Үшқудық-Мискин» магистралы арқалы ҳәрекетленетуғын болса, усы жойбардың қурып питкерилиўи менен поездлардың қатнаўы дерлик шама менен 100 километрге қысқарады. Бул жол ушын кететуғын ўақытты, жанылғыны ҳәм басқа да қәрежетлериди үнемлеўге тийкар болатуғыны тәбийғый жағдай. Ҳәзирги ўақытта елимиздеги темир жоллардың улыўма узынлығы 6500 километрден аслам арлықты  қурап, Бухара – Мискин жаңа темир жол линиясының пайдаланыўға тапсырылғанынан кейин бул көрсеткиш дерлик 7 мың километрге шамаласады.
Темир жолдың екенши басқышында электрлестириў жумыслары әмелге асырылып, келешекте усы темир жол арқалы электропоездлардың қатнаўы әмелге асырылады.
Бүгин пүткил Өзбекистанның аймақ ҳәм регионларын қамтып алатуғын бирден-бир миллий темир жол тармағы қурылды.
 
    2017-12-04 07:16:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine