Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

БМШ раўажланыў бағдарламасы турақлы ўәкилиниң Республикамызға сапары



Усы жыл 27-февраль күни  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Леван Буадзе басшылығындағы делегация еки күнлик сапар менен республикамызға келди. Делегация ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў мәресими болды. Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлады.
Буннан кейин Бейимлесиў қоры ҳәм Өзбекстан Ҳүкиметиниң «Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында ықлым турақлылығын тәмийинлеў» жойбары тийкарында шөлкемлестирилген жайлаўларды раўажландырыў бойынша өндирислик кооперативлерге аўыл хожалығы техникалары ҳәм үскенелерин тапсырыў салтанаты болды. Бейимлесиў қорының қаржыландырыўдағы бул жойбардың мақсети, елимиздиң қурғақшылыққа ең көп дуўшар болатуғын аймақларында ықлым өзгерисине шыдамлы дийқаншылық ҳәм шарўашылық хожалықларын жаратыўдан ибарат.   Жойбардың жәрдеми менен ланфдшафт дәрежесинде ықлым өзгерисине  бейимлесиў бойынша илажлар сыпатында Қарақалпақстанда биринши мәрте 10 жайлаў кооперативи шөлкемлестирилди. Жайлаўларды нәтийжели басқарыў ҳәм деградацияға ушыраған жерлерди жақсылаў олардың тийкарғы ўазыйпасы болып табылады. Усы мақсетте Кегейли, Тахтакөпир, Шымбай, Мойнақ ҳәм  Қанлыкөл районларында шөлкемлестирилген жайлаў кооперативлерине 43455 адам қамтып алынды.

 ҚХА.
 
    2019-02-28 11:35:37 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine