Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

БИРИНШИ ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИ ЕСЛЕЎ МӘРЕСИМЛЕРИ БОЛЫП ӨТТИ



Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң тийкарын салыўшы,  Уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, өзбек халқының уллы ҳәм ардақлы перзенти, елимиздиң биринши Президенти Ислам Әбдиғәниевич Кәримов Ўатанымызды езиўши дүзим дәўиринен азат етип, қулаў ҳалатына келип қалған елимизди қайта тикледи. Уллы Журтбасшымыз оғада аўыр ҳәм қыйын  жағдайда түрли қыйыншылықлар менен машақатларға қарамастан, тарийх ушын қысқа дәўирде Өзбекистанды жедел ҳәм турақлы пәтлер менен раўажланып атырған заманагөй демократиялық мәмлекетке айландырды.
Ислам Әбдиғәниевич Кәримов өзиниң көп қырлы сиясий хызмети, уллы адамгершилик пазыйлетлери менен Ўатанымыздың көп әсирлик тарийхында өшпес ҳәм жарқын из қалдырды. Ол тек ғана Өзбекистанда емес, ал пүткил дүнья көлеминде үлкен ҳүрметке және абырой-мәртебеге ийе болған үлкен шахс ҳәм ғайраткер сыпатында танылды.
Көп миллетли Өзбекистан халқының қәлбинен терең орын ийелеген Биринши Президентимиздиң жарқын естелиги ҳеш қашан умытылмайды. Себеби, Уллылар өлмейди, олар халқының қәлбинде мәңги жасайды.
Усы жыл 27-июль күни Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында, шетки аўылларда Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти И.Ә.Кәримовтың атына жыл асы дастурханлары жайылды. Бул дәстүрий илаж республика бойынша жәми 18 орында шөлкемлестирилип, оған 8600 ден аслам адам қатнасты.
Пайтахтымызда  усындай илажлар «Қырққыз», «Шах-Әзийз», «Феникс», «Шаңарақ», «Леон» ресторанларында болып өтти.
«Қырққыз» ресторанында болып өткен илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты.
Жайылған дастурханларда илаж қатнасыўшылары Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти И.Ә.Кәримовтың ана-Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, ел-журтымыздың раўажланыўы жолындағы уллы тарийхый хызметлерин ядқа алып, Уллы Инсанның руўхына Қуран оқылды ҳәм бүгинги тыныш-татыў заманда жасап атырғанлығына шүкиршилик билдирди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
Қ.Бегимовтыӊ түсирген сүўретлери

 
    2017-07-27 14:49:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine