Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Беруний районында 2 гектар ыссыхана иске түсти



Берунийли Иса Юсупов 2005-жылы өзиниң «Кашфиётчи ёшлар» жеке меншик кәрханасын шөлкемлестирген. Ол өткен жылдың ақырында ыссыхана шараятында палыз өнимлерин жетистириў мақсетинде АКБ «Миллий банк»тиң Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен жеңиллетилген кредитлер есабынан 990 мың АҚШ доллары муғдарында кредит алып, Беруний районы аймағында 2 гектар жер майданына ыссыхана қурыўды баслап жиберди ҳәм буның ушын керекли болған үскенелерди Қубла Корея мәмлекетинен алып келип, өз жумысын жолға қойды.
— Быйылғы жылдың август айынан баслап ыссыханамызға Қубла Корея мәмлекетинен алып келинген помидор туқымларын еге басладық. Ҳәзирги ўақытта помидордың ҳәр бир түп өнимин тийисли тәртипте орналастырып, оларға керекли азықлық затларын берип атырмыз, - дейди кәрхана агрономы Фархад Рейимбаев. — Ҳәр бир түптен кеминде 7-9 килограммға шекем өним алыўды нийетлеп отырмыз. Келешекте мәўсимде 400 тонна помидор жетистирип, жергиликли базарымызды байытыўды, қала берсе, Россия, Қазақстан Республикаларына экспорт етиўди алдымызға мақсет етип қой­ғанбыз...
Ыссыханада жумыс қызғын. Оның шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде аймақтағы 20 адамның жумыс пенен тәмийинлениўи — елимиз экономикасының артыўына өзиниң тәсирин тийгизетуғынлығы анық.
 
Р.АРЗИЕВ
Дерек: «Еркин Қарақалпақстан»
 
    2017-10-17 12:13:11 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine