Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Бензинге суў араластырыў мүмкин емеслиги белгиленди



Министрлер Кабинети қарары менен автомобиль ҳәм авациялық бензин, дизель ҳәм кеме жанылғысы, реактив двигательлер жанылғысы ҳәм мазутқа қойылатуғын талаплардың улыўма техникалық регламенти тастыйықланды. Бул ҳаққында Norma хабар берди.
Белгилениўинше, тек ғана ҳеш нәрсе араластырылмаған таза жанылғы қәўипсиз деп табылыўы мүмкин. Автомобиль бензинине қурамында металл (марганец, қорғасын, темир) бар бирикпелер ҳәм суў қосыў мүмкин емес. Авиабензинде жасыл ҳәм қызыл реңли бояўшылар қолланыў мүмкин.Буннан тысқары, дизель жанылғысына қурамында металл бар бирикпе, реактив двигательлер жанылғысына болса қәўипли дәрежеде актив химиялық элементлерди қосыў мүмкин емес. Жанылғы қәўипсизлик талапларына жуўап бериўи ушын жанылғы таярлаўшы, сертификация орган ҳәм қадағалаў органы жуўапкер болады. Улыўмалық техникалық регламент 2018-жыл 24-майдан күшке киреди.
 
    2017-12-01 07:19:47 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine