Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Basshılar, hákimlerdiń tómenge túsip islewi hám esabat beriwi boyınsha jańa sistema engiziledi



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 14-август күни мәмлекетти социал-экономикалық раўажландырыў бойынша 2019-жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумысларды додалаў және 9 ай ҳәм жыл жуўмағы бойынша белгиленген прогноз параметрлерине ерисиўди тәмийинлейтуғын баслы ўазыйпаларға арналған кеңейтилген жыйналыс өткерилди.
Жыйналыста буннан кейин Министрлер Кабинети комплекслери басшылары, министрлер, комитетлер ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары өзлериниң ис усылын түпкиликли өзгертип, көбирек аймақларға, алыс районларға барып, төмендеги машқалаларды анықлаў ҳәм шешиўде ҳәкимлер, исбилерменлер ҳәм орынлардағы басшыларға әмелий жәрдем бериўи зәрүрлиги айтылды.
Тап усындай, ўәлаятлар ҳәкимлери де өзиниң орынбасарлары ҳәм ўәлаят басқармалары басшылары менен бирге ҳәр шеректе районларға барып, машқалаларды шешиў, район халық депутатлары кеңеси ҳәм белсендилер алдында есабат береди.
Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетине басшы ҳәм ҳәкимлердиң төменге түсип ислеўи ҳәм есабат бериўи бойынша жаңа системаны әмелде енгизиў ўазыйпасы жүкленди.
 
    2019-08-15 15:03:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine