Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Балаларды балалар бақшасына қабыл етиў тәртиби өзгерди



Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 28-марттағы қарары менен Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
Усы ҳүжжет балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў тараўындағы машқалалардан келип шығып қабыл етилди ҳәм өз нәўбетинде халқымыз ушын усы тараўда жеңилликлерди жаратты.
 Соның ишинде, бурын балаларды бақшаға қабыл етиў бойынша мүрәжатлар тек ғана пуқараның өзи келген жағдайда ҳәптениң сийшемби ҳәм жума күнлери қабыл етилген болса, жаңа тәртипке тийкар пуқара бул мәселедеги мүрәжатларды мәмлекетлик хызметлер орайына ҳәптениң қәлеген жумыс күни өзи барған ҳалда тапсырыўы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы ҳәр күни, сондай-ақ онлайн режимде тапсырыў имкәниятына ийе болды.  Дерек: Әдиллик министрлигиниң Телеграмдағы каналы.
 
    2018-05-03 06:30:11 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine