Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Балалар Нөкис районға саяхат етти



Нөкис районы ҳәкимлигиниң басламасы менен Хожели районындағы 1-санлы «Мехрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларының Нөкис районы бойлап саяхаты шөлкемлестирди.
Саяхат ең дәслеп райондағы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Нөкис балық»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысыўдан басланды.
Сондай-ақ, «Ата мәкан» туристлик объекти бойлап саяхат өткерилип, балалар көлге қармақ таслап, балық аўлады. Буннан соң, балалар район ҳәкими Ажинияз Сейтахов пенен ушырасып, ҳәким тәрбияланыўшыларға түрли мазмундағы китапларды саўға етти.
Балалардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде арнаўлы бағдарлама тийкарында балалар шоу ҳәм сүўретлер көргизбеси өткерилди. Соның менен бирге, райондағы халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-30-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшы-жаслары арасында спорттың футбол түри бойынша «Дослық кубоги» жарысы өткерилип, олардың физикалық епшиллиги сынақтан өткерилди.
 
    2019-04-15 12:08:04 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine