Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ayziy bilimdanları bellesti



Derek: Jaslar awqamı
 
7-июнь күни пайтахтымыздағы “Жаслар орайы”нда Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен “Аязий билимданлары” таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Таңлаўға әдебият жөнелисине қызығыўшылығы жоқары болған 14–жастан 30–жас аралығындағы И.Юсупов шығармаларына қызығыўшы, 14-19, 20-30 еки жас категориясындағы жаслар қатнасты.
Таңлаў -Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм оның менен заманлас болған шайыр ҳәм жазыўшылардың өмири, дөретиўшилигине тийисли шығармалары бойынша болып өтти.
Таңлаў жуўмағында, 14-19 жас категориясы бойынша:
1-орынды  Шымбай районынан Гулчехра Айтымуратова;
2-орынды Қараөзбек районынан Асадбек Қуралтаев;
3-орынды Елликқала районынан Зумрад Мирзаева.
Ал таңлаўдың 20-30 жас категориясы бойынша:
1-орынды  Нөкис районынан Улпери Айтназарова;
2-орынды Нөкис қаласынан Муса Жанабаев;
3-орынды Тахтакөпир районынан ШайдаКамалова жеңимпаз болды. Таңлаў соңында жеңимпазларға Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған естелик саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.
 
    2019-06-08 17:31:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine