Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Awǵan veteranları bayram sánesin belgiledi



 
15-февраль Аўғанстанда 1979-1989-жыллар аралығында халықаралық терроризм ҳәм диний эктремизмге қарсы әскерий ҳәрекетлердиң жуўмақланған сәнеси. Усы сәнеге 31 жыл толыўы мүнәсибети менен Хожели, Шымбай ҳәм Қараөзек районларында илажлар өткерилди. Өткерилген байрамларда районда жасаўшы бир қатар жаўынгер ветеранлар ҳәм тийисли шөлкем басшылары қатнасты. Район орайында жайласқан “Ҳәсиретли ана” естелигине барып гүл шеңберлер койылып, Аўған урысында қайтыс болған әскерлер руўхына дуўалар оқыды. Буннан соң ветеранларға байрам дастурханлары жайылды.
Байрам иләжында Аўғаныстан аймағындағы әскерий ҳәрекетлерде қатнасқан  бир қатар жаўынгерлердиң шаңарақларына байрам саўғалары тапсырылды. Байрам соңында районлық  Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
 
    2020-02-17 16:49:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine