Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Avtomobil shıraqların kúndizgi waqıt jaǵıp júriwge ózgeris kirgizildi



Derek: Kun.uz
 
4-июнь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 460-санлы қарары қабылланды. Қарарға муўапық, 2021-жыл 1-январьға шекем күнниң жақты ўақтында жақынды жақтыландырыўшы шырақларды ямаса күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекетлениўи шәрт екенлиги бойынша талап автомат жанып турыўшы күндизги сигнал шырақлары менен үскенеленбеген автомототранспорт қуралларына қолланылмайды.
 Күнниң жақты ўақтында төмендеги жағдайларда жақынды жарытыўшы шырақлар жағылыўы керек:
Транспорт қураллары шөлкемлестириў топлам қатарында ҳәрекетленип атырғанда;
Жолаўшыларды тасып атырған автобус ҳәм жөнелисли транспорт қуралларына;
Балалар топарларын шөлкемлестирип тасыўды;
Қәўипли, үлкен өлшемдеги ҳәм аўыр салмақлы жүклерди тасыўда;
Механикалық транспорт қуралларын тиркемеге алыўда (тиркемеге алып баратырған транспорт қуралында);
Мотоцикл ҳәм мопедлерде.
Ҳүжжетке муўапық, «фаралар» бойынша қатаң талап шофёрларға емес, ислеп шығарыўшыларға қойылады.
Қарарда белгилениўинше, 2020-жыл 1-январьдан мәмлекетте ислеп шығарылатуғын барлық автомототранспорт қураллары ишки базарға ислеп шығарыўшы тәрепинен автомат жанып турыўшы күндизги сигнал шырақлары менен үскеленген болып шығарылады. Республикаға импорт автомобиллериниң де усындай автомат жанатуғын шырақлары болмаса, мәмлекет ишине алып кириўге рухсат етилмейди.
 
    2019-06-07 15:39:45 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine