Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Арал бойы халықаралық инновациялық орайының 6 қәнигеси Бирлескен Араб Әмирликлеринде оқып қайтады



20-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновациялық орайының 6 қәнигеси Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында жайласқан Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының (ICBA) бас офисине илимий әмелият алып барыў мақсетинде сапарға жөнеп кетти. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Жас қәнигелердиң стажировкасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилди.
Олар өз тараўлары бойынша зәрүрли билимлерди алып, БАӘда қолланылып атырған инновациялық технологияларды үйренеди және ийелеген тәжирийбелерин Арал бойы аймақларын тиклеўге бағдарланған комплексли жумысларды әмелге асырыўға қолланады.
Қәнигелер бир ярым айлық сапар даўамында Бирлескен Араб Амирликлериниң Абу-Даби қаласындағы Масдар Сити экоқаласы менен танысады, агробизнес ушын табыслы инкубаторларды шөлкемлестириў, суў ҳәм топырақ өнимдарлығын арттырыў бойынша инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм басқа бағдарларда оқыў-әмелият курсларынан өтеди.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-02-21 12:20:27 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine