Aral boyı aymaǵında shól ósimlikleri blok-inkubatorlarda jetilistiriledi
Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
Усы жылдың 25-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Халықаралық Арал бойы инновациялық орайына Японияның OYO корпорациясы ўәкиллери Казухиро Азами ҳәм Сунао Обояши келди. OYO экологиялық, тәбийғый апатшылықлар себепли жер бети ҳәм жер астында жүз берген унамсыз өзгерислерди үйрениў, баҳалаў және сапластырыў бойынша жумыс алып баратуғын ири корпорация болып, геологиялық изертлеўлерге тийкарланған жойбарларының нәтийжелилиги менен айырықша ажыралып турады. Корпорация ўәкиллериниң республикамызға сапары даўамында Халықаралық Арал бойы инновациялық орайы, OYO корпорациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы илимий изертлеў институты арасында меморандумға қол қойылды. Ҳүжжет тийкарында, OYO корпорациясы менен биргеликте жергиликли шийки заттан шөл өсимликлерин жетистириў ушын инкубатор-блокларды таярлаў алдынғы технологиясын енгизиўге келисилди. Блок-инкубаторларды таярлаў бойынша жумыслар «Мойнақ» илимий-өндирислик участкасында басланды. Казухиро Азами ҳәм Сунао Обояши қатнасыўында 25-майдан 2-июньға шекем болған дәўирде жабық тамырлы системада сексеўил жетистириў технологиясы бойынша 3 мың дана блок-инкубаторларда жетистирилген сексеўил нәллери Арал теңизиниң қурыған ултанының белгили бир участкаларына егиледи.