Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

“Алтын тар” таңлаўы жәрияланды



“Камолот” жаслар жәмийетлик ҳәрекети Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, “Ўзбекнаво” эстрада бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлер бирлеспелери Кеңеси, “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы,
“ЭКОСАН” экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар арасынан қәбилетли жасларды анықлаў мақсетинде “Алтын тар” таңлаўын шөлкемлестирмекте.
 
Мәдений мийрасларымызды еледе байытып барыў, мәҳәллелердеги қамтылмаған жаслар арасында жынаятшылық, ҳуқықбузарлықтың алдына алыў, жат идеялар тәсиринен қорғаў, олардың турмыста тутқан орнын еледе беккемлеў, мәдениятқа ҳәм көркем-өнерге тараўына болған қызығыўшылығын еледе арттырыў мақсетинде “Алтын тар” таңлаўы өткериледи.
 
“Алтын тар” таңлаўдың улыўма қағыйдалары
 
“Алтын тар” таңлаўы мәҳәллелерде турақлы түрде жасап атырған қәбилетли жасларды анықлаў, олардың көркем-өнерге болған қызығыўшылығын еледе арттырыў мақсетинде таңлаў көринисинде өткериледи.
“Камолот” жаслар жәмийетлик ҳәрекети Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, “Өзбекнаво” эстрада бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими, “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлар шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси таңлаўдың тийкарғы шөлкемлестириўшилери есапланады.
Таңлаўды өткериўден мақсет тәкирарланбас мәдений мийрасларымызды еледе байытып барыў, мәҳәллелердеги қамтылмаған жаслар арасында жынаятшылық, ҳуқықбузарлықтың алдына алыў, ҳәр қыйлы диний ағымлар тәсиринен қорғаў, олардың турмыста тутқан орнына еледе беккемлеў, мәдениятқа болған ҳүрметин еледе асырыўды жолға қойыўдан ибарат болып есапланады. 
 
Таңлаўдың өткериў тәртиби
 
“Алтын тар” таңлаўы тийкарынан бир бағдарда гитара саз әсбабы арқалы қосық айтыў бойынша өткериледи. Қатнасыўшылар гитара саз асбабы арқалы заманагөй, эстрада жөнелислеринде жанлы түрде қосық айтыўлары тийис. Қатнасыўшылар тәрепинен атқарылған қосықлар шөлкемлестириў комитети усынысы тийкарында тастыйықланған төрешилер тәрепинен баҳаланып барылады.
 
Таңлаў шәртлери
 
Таңлаўға 15 жастан, 30 жасқа шекемги болған Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында жайласқан мәҳәллелерде турақлы түрде жасап атырған жаслар қатнасыў ҳуқықына ийе.
Таңлаўға қатнасыў усынысын билдирген жаслар төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы тийис.
- шөлкемлестириў комитетине арза
- таңлаў анкетасы
- 3х4 формадағы еки дана фото сүўрет
- жасаў орнынан мағлыўматнама (жумыс ислеў яки ислемеўи бойынша)
Таңлаўдың республика басқышында жеңимпазлықты қолға кириткен жаслар, бир жылға шекем қатнасыў ҳуқықына ийе емес.
 
Таңлаўдың төрешилер тәрепинен баҳаланыўы
 
         Таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен атқарылған қосықларды баҳалап барыўшы төрешилер, шөлкемлестириў комитетиниң  тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы мәденият, көркем-өнер тараўы ўәкиллери ҳәм эстрада қосықшыларынан дүзиледи. Төрешилер қурамы тәрепинен қойылған баҳалар додалаўға қойылмайды.
 
Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў тәртиби
 
Таңлаўда қатнасып жеңимпаз болған жаслар шөлкемлестириў комитети тәрепинен таярланған диплом, естелик саўғалары менен сыйлықланады ҳәм ғалаба хабар қуралларында кең түрде жарытылады. Қосымша өзи тәрепинен атқарылған еки қосықты “Нөкис-ФМ” радиосы арқалы бир ай даўамында турақлы түрде эфир арқалы жәриялаў ҳуқықын қолға киритеди.
 
 
“Камолот” жаслар жәмийетлик ҳәрекети Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси
 
    2017-03-26 10:59:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine