Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ақшаханнан 6 метрлик «адам» сүўрети табылды



Австралиялы археолог-алымлар шерек әсирден берли Ақшаханда
Сидней университетиниң профессоры, Қарақалпақстан-Австралия экспедициясының ко-директоры, археолог Алисон Беттстиң елимизде Өзбекистан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязов пенен Беруний районындағы тарийхый «Ақшахан қала» естелигинде археологиялық изертлеў жумысларын алып барып атырғанына жигирма бес жыл толды…
Жаңалыққа жаны қумар халқымызға руўхый заўық бағышлаў ҳәм  өзимиздиң кәсиплик қызығыўшылығымызға бола бул тарийхый муқаддес топырақта табылмалар табылып атырғанын еситкенимиз, олар менен жақыннан танысыў мақсетинде қублаға қарай жол алыўға түртки болды.
Ақшаханнан 6 метрлик «адам» табылды
Фото: Ақшаханнан табылған 6 метрлик «адам» сүўрети
Бизди қызықтырған биринши жаңалық усы болды ҳәм усы бойынша Алисон Беттсти сәўбетке тарттық.
– Ҳәзир биз профессор Ғ.Хожаниязов пенен Ақшахан қалада археологиялық жумысларды биргеликте алып бармақтамыз, – дейди ол. – Қазыў барысында  қала орайындағы арқа коридордан дийўал сүўретлерин таптық. Бул сүўретлер оғада әҳмийетли болып, онда оғада үлкен көлемдеги (алты метр) Зороастризм қудайларының, бағ ҳәм қуслардың сүўрети сәўлеленген. Биз ҳәзир бул бийбаҳа табылмаларды тазалаў, реставрациялаў жумысларын алып бармақтамыз. Пикиримизше, бул жерде табылмалардың даўамы болыўы мүмкин. Және де атап өтетуғын нәрсе, бул жерден ер адамлардың ҳәм атлардың сүўретлери де табылды. Биз бундай жаңалықлар қушағында быйылғы жылды табыслы болды, деп есаплаймыз ҳәм қазыў жумысларын келеси жылларда да даўам еттириў нийетимиз бар. Бул бағдардағы жумысларымызды биз франциялы Микеле Минарди менен биргеликте де Султан Ўәйис таў дизбеклеринде алып барып атырмыз
 
 Султан Ўәйис таўынан оссуарийлер илим ушын оғада әҳмийетли жаңалық
– Мине, дерлик жети жылдан берли усы экспедицияның ағзасыман. Биз быйыл Султан Ўәйис таў дизбеклеринде қазыў жумысларын алып бардық, – дейди Францияның Бардо университетиниң доценти, археолог Микеле Минарди. – Таң қалаларлық тәрепи сонда, биз таў дизбеклеринде оссуарийлерге дус келдик. Ҳәзир мине, усы оссуарийлердиң ишинен табылған адам сүйеклерин, зороастризм дини дәўириндеги үрп-әдетлерди үйренип атырмыз. Бул табылмалар тек ғана Қарақалпақстан ушын емес, ал пүткил Орайлық Азия ушын оғада әҳмийетли ғәзийне болып табылады. Қазыў жумысларын еле де даўам еттиремиз, себеби бул аймақлар оғада қызықлы табылмаларға бай деп ойлаймыз.
– Мен Францияда сүўрет консерваторы болып ислеймен. Бул экспедицияының жойбарында бирге ислесип атырғанымнан оғада қуўанышлыман, – дейди парижли реставратор Мелодии Банот. – Әййемги сүўретлер үстинде ислеў оғада қызықлы, соның менен бирге машақатлы. Себеби, бул жерде жүдә көплеген фрагментлер бар болып, ол бизден қыйын ҳәм жуўапкершиликли жумысты талап етеди. Әййемги сүўретлердиң кишкене бөлеклерин қурастырып бурынғы жағдайына алып келиў аңсат жумыс емес. Бул процесс оғада әҳмийетли болып, фрагментлер табылған «үлкен зал»дың узынлығы 20 метрди, бийиклиги болса, 10 метрди қурайды. Ҳәзирше бизде 3 фигура бар, олар Авесто дини дәўирине тийисли. Бул жерде еле де көп фигуралардың бар болыўы итимал. Биз бул фигуралар менен усы жерден табылған бағ сүўретлери арасындағы байланысты түсине алмай атырмыз. Бул бағдарда жумыс даўам етеди.
Ақшахан қаланың тарийхы ҳаққында сөз еткенде, биз дәслеп 1937-жылы Москва Илимлер академиясының жанында Толстов экспедициясының ашылыўын атап өтиўимиз орынлы. Бул экспедиция 1945-жылға шекем Хорезм археологиялық экспедициясы деп аталған болса, оннан бериде ғәрезсизлик жылларына шекем Жданконың басшылығындағы этнографиялық экспедиция деп аталды. Әне, усы экспедиция  усы жыллар аралығында Қарақалпақстан территориясында, соның ишинде, Ақшахан қаланың тарийхы бойынша жумыс алып барды. Сондай-ақ, қаланы Андрянов, Ғуломовлар да үйренип, бул естеликти б.э.ш II, III IV әсирлерге тийисли Кушан дәўири менен байланыстырады.
Ч.Елмуратов
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
 
Дерек: kknews.uz
 
 
    2017-10-10 11:39:11 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine